Тәреплер еки мәмлекет жетекшилери арасындағы жақын дослық қатнасықлар ҳәм олардың жеке қоллап-қуўатлаўы стратегиялық әҳмийетке ийе биргеликтеги басламаларды табыслы алға қойыў имканиятын беретуғынын атап өтти.

Өзбекстан делегациясының сапары еки тәреплеме бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға болған жоқары дәрежедеги өз-ара исеним ҳәм умтылыстың айқын дәлили екени атап өтилди.

Сөйлесиўлер даўамында Беларус атом электр станциясын қурыў ҳәм оннан пайдаланыўда Беларустың үлкен тәжирийбесине, сондай-ақ, раўажланған социаллық ҳәм инженерлик инфраструктураға ийе болған Островец заманагөй жолдас қаласын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Беларусь тәрепи, өз гезегинде, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанның кейинги сегиз жылда жедел социаллық-экономикалық раўажланыўын жоқары баҳалап, ерисилген нәтийжелер ири технологиялық жойбарларды әмелге асырыў ушын беккем тийкар жарататуғынын атап өтти.

Өзбекстан делегациясы әмелий бирге ислесиў бойынша анық усыныслар берди. Атап айтқанда, Өзбекстанда атом электр станциясы жойбарын қоллап-қуўатлаў ушын беларуслы экспертлерди техникалық мәсләҳәтшилер сыпатында тартыў басламасы билдирилди.

Сондай-ақ, олардың Жиззақ ўәлаятында социаллық объектлер ҳәм атомшылар қалашасы қурылысын экспертлик қоллап-қуўатлаўда қатнасыў имканиятлары додаланды.

Беларусь тәрепи бул усынысларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди ҳәм атом санааты ушын барлық зәрүр инфраструктураны жаратыў бойынша жыйналған тәжирийбени жедел бөлисиў ниетин тастыйықлады.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында тәреплер Беларусь тәжирийбесин тиккелей атом энергиясы ҳәм қала инфраструктурасы объектлеринде үйрениўди даўам еттириўге келисип алды.

7-апрель күни Өзбекстан делегациясы Островец қаласына барып, қала инфраструктурасы ҳәм Беларусь АЭС майданы менен толық танысты.

Сапар даўамында Өзбекстан ҳүкиметлик делегациясы станцияның заманагөй реактор қурылмасы ҳәм жоқары технологиялық басқарыў системаларынан баслап, қәўипсизлик ҳәм пайдаланыў тараўындағы санлы шешимлерге шекемги алдынғы технологияларын үйренди.

Жоқары маман кадрлар таярлаў ушын инновациялық тренажёрлар менен тәмийинленген заманагөй оқыў-шынығыў орайының имканиятларына айрықша итибар қаратылды.

Буннан тысқары, делегация атом станциясы хызметкерлери ушын қолайлы жасаў шараятларын жаратыў тәжирийбеси менен танысты, Островцтың тийкарғы социаллық объектлеринде болды ҳәм энергетика қуўатлықларының қурылысын қала ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў менен синхронластырыў көзқарасларын үйренди.