Сөйлесиўлер ўақтында қаржы, технологиялар, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм авиация тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдың барысы додаланды.
Ең әҳмийетли минерал ресурслар тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, қосымша қун шынжырларын жаратыў ҳәм энергетика қәўипсизлигин беккемлеўге айрықша итибар қаратылды. EXIM Bankтиң жәрдеминде әмелге асырылып атырған жойбарлардың, соның ишинде, газ инфраструктурасын раўажландырыўдың әҳмийети атап өтилди.
Тәреплер узақ мүддетли шерикликти беккемлеў, инвестициялар, саўда бирге ислесиўин кеңейтиў ҳәм инновациялық шешимлерди енгизиўге таяр екенин тастыйықлады. Усы мәниде, жалпы ишки өнимниң көлемин 200 миллиард долларға жеткериў ҳәм мәмлекеттиң исенимли шерик сыпатындағы орнын беккемлеўге қаратылған "Өзбекстан-2030" стратегиясы АҚШ пенен бирге ислесиўди турақлы экономикалық өсиў ҳәм инновациялық раўажланыўдың әҳмийетли факторына айландырмақта.









