Сөйлесиўде жедел ҳәм турақлы өсиўди көрсетип атырған Өзбекстан - Германия қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.
Сиясий, экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Сөйлесиўшилер болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин де көрип шықты.
Бахтиёр Саидов Өзбекстан Германия менен конструктивлик ҳәм өз-ара пайдалы шерикликти буннан былай да беккемлеў бағдарындағы умтылысы исенимли екенин атап өтти.









