Сөйлесиўлер ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары, сондай-ақ, Ташкент халықаралық инвестициялық форумы шеңберинде холдинг қатнасыўында Өзбекстан-Корея бизнес форумын шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Форумның өткерилиўи исбилермен топарлар арасында тиккелей сөйлесиўди жолға қойыў ушын майдан болып, "Орайлық Азия + Корея" саммити ҳәм Сеулге болажақ жоқары дәрежедеги сапар етиўдиң инвестициялық күн тәртибин алға қойыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Кореяның жетекши инвесторларын тартыў, The Korea Herald платформаларында медиа жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, В2В ҳәм В2G форматларында мәнзилли ушырасыўлар шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

1953-жылы шөлкемлестирилген, Сеулде жайласқан Herald Media Group Қубла Кореяның ең ири инглис тилиндеги медиа компанияларынан бири болып, Азия мәмлекетлеринде халықаралық бизнес форумларын өткериў бойынша үлкен тәжирийбеге ийе.