Сөйлесиў ўақтында тәреплер бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын додалады ҳәм 2026-2027-жылларға мөлшерленген Туризм тараўында бирге ислесиў бағдарламасын таярлаўға келисип алды.
Ҳүжжет туристлик алмасыўды раўажландырыў, исбилерменлик байланысларын кеңейтиў ҳәм еки мәмлекеттиң туристлик имканиятларын үгит-нәсиятлаў бойынша биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға қаратылады.
Сондай-ақ, туризмди санластырыў тараўында тәжирийбе алмасыў, туризм инфраструктурасына инвестицияларды тартыў, мәдений ҳәм илажлар туризми бойынша биргеликтеги жойбарларды жаратыў мәселелери көрип шығылды.





