Ушырасыўда тәреплер инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм санаат тараўында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин додалады. Компания басшысы жоқары технологиялар тийкарында заманагөй түрдеги шийше өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбары менен таныстырды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, исбилерменлик байланысларын беккемлеў ҳәм еки тәреплеме жойбарларды избе-из алға қойыўдан мәпдар екенин тастыйықлады.

«Fang Yuan» Қытай Халық Республикасының шийше өнимлерин ислеп шығарыў бойынша ең ири компанияларынан бири болып есапланады.