Ҳүжжетлерде Қытайдың ири инжиниринг компаниясы Sinohydro Co., Ltd. менен стратегиялық бирге ислесиў нәзерде тутылған болып, бул компания техникалық ҳәм сапа талапларына жуўап беретуғынын және тараўда үлкен тәжирийбеге ие екенин тастыйықлап, ашық тендер процесслериниң жеңимпазы болған.
Келисимге муўапық, Әндижан ўәлаятындағы Шаҳрихан ГЭСлер каскадын (ГЭС-5А ҳәм ГЭС-6А) модернизациялаў "ЭПС - таяр ҳалда" принципи тийкарында әмелге асырылады. Бул - жойбарлаў, қурыў, үскенелерди жеткерип бериў, объектлерди пайдаланыўға тапсырыў сыяқлы толық комплексли жумысларды әмелге асырыў дегени.
Жойбар жуўмақланғаннан соң станциялардың улыўма орнатылған қуўатлылығы 7,6 МВт дан 16,4 МВт ға шекем артады. Қосымша электр энергиясын ислеп шығарыў жылына 33 миллион кВт саатқа шамалас болып, бул 13 мыңнан аслам шаңарақты электр энергиясы менен тәмийинлеў имканиятын береди. Сондай-ақ, жылына 11 миллион куб метр тәбийғый газ ҳәм 27,5 мың тоннадан аслам көмир үнемленеди.
Компанияның атап өтиўинше, модернизация станциялардың нәтийжелилигин арттырыў, аймақтың энергетикалық қәўипсизлигин беккемлеў ҳәм экологиялық таза энергия ислеп шығарыўды көбейтиўге хызмет етеди.
Жойбардың әмелге асырылыўы халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм Өзбекстанның гидроэнергетика тармағына заманагөй технологияларды енгизиўде де әҳмийетли қәдем болады.