Ушырасыўда Өзбекстанда космослық технологияларды раўажландырыў, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, мәмлекетимиздиң космос тараўындағы кадрлар потенциалын кеңейтиў мәселелери додаланды.
Шерзод Шерматов илим ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў, жас изертлеўшилер ушын имканиятлар жаратыў, Өзбекстанның халықаралық космослық бағдарламаларда белсене қатнасыўы әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Тәреплер «Vast» компаниясы менен узақ мүддетли бирге ислесиў перспективаларын, соның ишинде, биргеликтеги илимий-изертлеўлер, кадрлар алмасыў бағдарламаларын, сондай-ақ, Haven-1 биринши станциясы табыслы иске қосылғаннан соң келешектеги миссияларда өзбекстанлы қәнигелердиң қатнасыўын додалады.
Сондай-ақ, жасалма гравитация, турмысты тәмийинлеў системалары ҳәм орбита архитектурасын жойбарлаў тараўындағы Haven-2 жойбарында өзбекстанлы илимпаз ҳәм инженерлердиң қатнасыў имканияты көрип шығылды.
Өзбекстан ҳәм «Vast» арасындағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған билимлендириў, кадрлар таярлаў, әмелий стажировкалар ҳәм қоспа лабораториялар шөлкемлестириў бойынша қосымша басламалар усыныс етилди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм өзбекстанлы қәнигелердиң халықаралық космослық бағдарламалар ҳәм орбиталық технологиялар тараўындағы жойбарлардағы қатнасын арттырыў бойынша келешектеги қәдемлерди белгилеп беретуғын өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойды.
Мағлыўмат ушын: Vast - АҚШ тың жаңа әўлад космослық станцияларын ислеп шығыў менен шуғылланыўшы жеке меншик аэрокосмослық компаниясы. Оның биринши жойбары Haven-1 дүньядағы биринши коммерциялық космослық станция болып, көп функциялы модул станциялары, соның ишинде, Haven-2 ушын тийкар болады.









