Ушырасыўда “KOPIST” бағдарламасы шеңберинде Хийўа қаласындағы "Ишан қала" мәмлекетлик музей-қорықханасы аймағында жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда туристлер ағымын басқарыў жойбарын әмелге асырыў мәселелери додаланды.

KOPIST” - Корея Республикасы Мәденият, спорт ҳәм туризм министрлиги тәрепинен басланған ҳәм Корея туризм шөлкеми тәрепинен әмелге асырылатуғын турақлы туризм тараўындағы халықаралық бирге ислесиў бағдарламасы. Бағдарлама шеңберинде бирге ислесиўши мәмлекетлер менен биргеликте перспективалы жойбарлардың концепциялары ислеп шығылып, Корея Республикасы ҳүкиметиниң рәсмий раўажланыў бағдарламасы – “ODA” қаржылары есабынан қаржыландырыўға таярланбақта.

Усы жылдың май айында Өзбекстан ўәкиллери Кореяда болып өткен туризм сиясаты мәселелери бойынша жоқары дәрежедеги форумда қатнасты. Июнь айында 10 мәмлекет ўәкиллери қатнасқан таңлаў шеңберинде Өзбекстанның "Жасалма интеллект технологиялары арқалы Ишан-қалада туристлер ағымын басқарыў" жойбары биринши орынды ийеледи. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан ушын “Global Intensive Consulting” бағдарламасы шөлкемлестирилмекте.

Жойбардың тийкарғы мақсети - "Ишан-қала"да реал ўақыт режиминде туристлер ағымын мониторинг етиў ҳәм басқарыў системасын енгизиў, туризм инфраструктурасын санластырыў ҳәм жергиликли қәнигелердиң потенциалын арттырыўдан ибарат.

Жойбар шеңберинде тарийхый естеликлерге физикалық тәсир көрсетпейтуғын интеллектуал навигация көрсеткишлерин орнатыў, орайлық көшени айланып өтиўши қосымша туристлик маршрутларды қәлиплестириў, өнерментлер ҳәм музей-қорықхана хызметкерлери ушын арнаўлы оқыў бағдарламаларын шөлкемлестириў, жасалма интеллект жәрдеминде сенсор ҳәм анализ тийкарында мониторинг етиў системасын енгизиў нәзерде тутылған.

Үргенш халықаралық аэропортының кеңейиўи ҳәм темир жол қатнаўының жақсыланыўы нәтийжесинде Хийўаға туристлер ағымы артыўы күтилмекте. Усы мүнәсибет пенен "Ишан қала"да туристлер ағымын нәтийжели басқарыўдың заманагөй техникалық системасын енгизиў айрықша әҳмийетке ийе.

Жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде, бәринен бурын, тарийхый-мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаған ҳалда туристлердиң санын арттырыў, олардың Хийўада болыў мүддетин созыў, туризмнен алынатуғын экономикалық дәраматты жергиликли халық арасында кеңирек бөлистириў нәзерде тутылған.