Өзбекстан ҳәм Латвия арасында фармацевтика тараўында бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылды

    «Tashkent Pharma Park» кластеринде болып өтип атырған VI Евроазия фармацевтика саммити шеңберинде "Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы" мәмлекетлик мәкемеси ҳәм Латвия дәри-дәрмақлар мәмлекетлик агентлиги (State Agency of Medicines of Latvia) арасында бирге ислесиў бойынша өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.

    Ҳүжжетте дәри-дәрмақ қуралларын дизимнен өткериў, тәжирийбе ҳәм алдынғы әмелиятларды алмасыў, тараўды тәртипке салыў бойынша көзқарасларды үйлестириў, фармацевтика өнимлериниң сапасын ҳәм қәўипсизлигин арттырыў сыяқлы бағдарларда шерикликти раўажландырыў нәзерде тутылған.

    Атап өтилиўинше, Латвия Европа Аўқамының ағзасы болып, оның фармацевтика тараўын тәртипке салыў системасы ЕА жоқары стандартларына толық сәйкес келеди.

    Усы мүнәсибет пенен Латвия тәрепи менен бирге ислесиў Өзбекстан фармацевтика системасын халықаралық стандартларға интеграциялаў ҳәм миллий фармацевтика санаатын буннан былай да раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болады.