Ушырасыўда тәреплер қоршаған орталықты қорғаў, деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў ҳәм климат өзгериўине бейимлесиў тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў имканиятларын додалады.

Өзбекстан ҳәм Монголия бир қатар уқсас экологиялық қәўип-қәтерлерге дус келмекте. Олардың арасында шөллениў, жайлаўлардың деградациясы, қурғақшылық, қум ҳәм шаң боранларының күшейиўи экосистемалар, аўыл хожалығы ҳәм халықтың жасаў шараятына тәсир көрсетпекте.

Ушырасыў соңында "Қурғақшыл аймақлар экосистемасын тиклеў ҳәм қум-шаң боранларын азайтыў бойынша Арал-Гоби бирге ислесиўи" (Aral-Gobi Partnership for Dryland Ecosystem Restoration and Sand and Dust Storm Reduction) басламасын биргеликте ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди.

Биринши басқышта Өзбекстан ҳәм Монголиядағы тәжирийбе аймақларын анықлаў, жумыслардың тийкарғы бағдарларын баҳалаў ҳәм анық жойбарлаў усынысларын таярлаў режелестирилген. Бузылған жерлер ҳәм жайлаўларды қайта тиклеў, қум ҳәм шаң боранларының қәўпин азайтыў, жер ресурсларын турақлы басқарыў бойынша әмелий шешимлерди енгизиўге айрықша итибар қаратылады.

Өзбекстан ҳәм Монголия, сондай-ақ, биргеликте жойбар усынысларын ислеп шығыў ҳәм халықаралық қаржыландырыўды тартыў ниетинде. Бул бағдардағы жумыслар, соның ишинде, Бейимлесиў қоры, Глобаллық экологиялық қор (GEF), Жасыл климат қоры (GCF), Жәҳән банки ҳәм басқа да халықаралық финанслық механизмлердиң имканиятларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылады.

Монголия БМШтың Шөллениўге қарсы гүресиў конвенциясына басшылық етип атырған дәўирде биргеликтеги басламаларды алға қойыў ушын айрықша имканиятлар ашылмақта.

Орайлық Азия ҳәм Монголияда жер ресурсларын басқарыў бойынша жойбарларды таярлаў механизмин (CA+M Land PPF) жаратыў бирге ислесиўдиң айрықша бағдары болады. Жаңа механизм тийкарғы аймақты анықлаў ҳәм концепцияны ислеп шығыўдан баслап, халықаралық қаржыландырыўды тартыў ушын зәрүр болған жойбар ҳүжжетлерин қәлиплестириўге шекем жерлерди тиклеў бойынша инвестициялық таяр жойбарларды таярлаўдың әмелий қуралына айланыўы нәзерде тутылған.