Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер тийкарғы бағдарлар - трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў, нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў, мәлимлеме алмасыў, наркотиклердиң нызамсыз айланысы ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги илажлар бойынша бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелерин додалады.
Сондай-ақ, бирге ислесиўдиң әмелдеги механизмлериниң нәтийжелилигин арттырыў, тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў ҳәм биргеликте оператив-профилактикалық илажларды өткериў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер еки мәмлекет ҳуқық қорғаў уйымларының бирге ислесиўин беккемлеўге қаратылған бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары ҳәм басқышларын белгилеп алды.