Тәреплер еки мәмлекет арасындағы мәдений бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективаларын додалады.
Атап айтқанда, 2025-жылы Ар-Риядта өткерилетуғын китап ярмаркасында Өзбекстанның мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў, ЮНЕСКОның 43-сессиясында Саудия Арабстаны мәденият министриниң қатнасыўы, еки мәмлекет мәденият министрликлери арасында бирге ислесиў бойынша ҳүжжет жойбарын таярлаў ҳаққында сөз болды. Бул ҳүжжетке болажақ жоқары дәрежедеги сапарлар шеңберинде қол қойылыўы режелестирилген.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер ерисилген келисимлер Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасындағы мәдений бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет ететуғынына исеним билдирди.








