Өз-ара товар алмасыўды кеңейтиў, миллий өнимлерди алға қойыў ҳәм шегараның еки тәрепиндеги исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ушын майданға айланатуғын биргеликтеги саўда орайының ҳуқықый шәртлери келисип алынды.

Орайдың улыўма майданы 6 гектар болып, Өзбекстан ҳәм Түркменстан тәреплеринен ҳәр бири 3 гектардан ибарат. Зәрүр жағдайларда аймақ айрықша халықаралық келисим шеңберинде кеңейтилиўи мүмкин.

Еки мәмлекет пуқараларына шегара алды саўда аймағына визасыз еркин кирип-шығыў имканияты жаратылмақта.

Жаңа зонаның ашылыўы Өзбекстан ҳәм Түркменстан исбилерменлери арасындағы еркин саўда ушын қосымша шараятлар жаратады, улыўма инфраструктура ҳәм әпиўайыластырылған тәртип-қағыйдалардан пайдаланыў имканиятын береди. Бул трансшегаралық саўданы раўажландырыў ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли қәдем болады.