Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы өз-ара товар алмасыў көлеми 2,4 миллиард АҚШ долларын қурағаны атап өтилди. Тәреплер бул көрсеткишти 5 миллиард долларға жеткериў ушын барлық имканиятларды иске қосыў зәрүрлигин атап өтти, деп хабар береди "Дунё" МА.
Атап айтқанда, Түркия саўда министриниң орынбасары Мустафа Тузджу белгиленген мақсетлерге ерисиў ушын үлкен резервлер ҳәм жаңа имканиятлар бар екенин атап өтти. Оның атап өтиўинше, Өзбекстан ҳәм Түркияның сыртқы саўда товар номенклатурасы көп тәреплеме уқсас болып, еки мәмлекетте ислеп шығарылып атырған өнимлер сыртқы базарларда жоқары бәсекиге шыдамлылығы менен ажыралып турады.
Сондай-ақ, Түркия Пакистан, Әзербайжан ҳәм Иран менен биргеликте Өзбекстан менен де жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимге қол қойғаны атап өтилди. Бул келисим потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, Түркия тәрепиниң пикиринше, белгиленген режелерди табыслы әмелге асырыў имканиятын береди.
Жергиликли экспортшылар ушырасып атырған тариф ҳәм тариф емес тосқынлықларды сапластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Атап айтқанда, электротехника, тоқымашылық ҳәм кабель-өткизгиш тармақлары өнимлери ушын қосымша импорт бажыларын азайтыў, айырым түрдеги мийўе-овош өнимлериниң импортына шеклеўлерди бийкарлаў имканиятлары додаланды.
Сондай-ақ, тәреплер саўда бойынша жумысшы топардың жумысын жеделлестириў зәрүрлигине итибар қаратты ҳәм оның гезектеги мәжилисин белгиленген тәртипте өткериўге келисип алды.
Ушырасыў жуўмағында Түркия тәрепи жеңиллетилген ҳәм еркин саўда ҳаққындағы келисимлерди ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша үлкен тәжирийбе бар екенлигин атап өтип, институционаллық потенциалды арттырыў, қәнигелердиң кәсиплик маманлығын раўажландырыў ҳәм методикалық жәрдем көрсетиў арқалы бул бағдарда бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.








