Ушырасыўда халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары, қоспа билимлендириў бағдарламаларын баслаў ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды. Гуманитар илимлер, ҳуқық, халықаралық қатнасықлар, экономика, тәбийғый илимлер ҳәм мәдениятлараралық изертлеўлер бағдарларына айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын, еки дипломлы бағдарламаларды шөлкемлестириў, студентлер ҳәм оқытыўшыларды алмасыў, илимий изертлеўлерди әмелге асырыў, жазғы мектеплер ҳәм қысқа мүддетли академиялық курсларды өткериў бойынша пикир алысты.

Буннан тысқары, Европа Аўқамының Erasmus+ ҳәм Horizon Europe бағдарламалары шеңбериндеги биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў, Италия университетлеринде өзбекстанлы оқытыўшылар ушын қәнигелигин арттырыў курсларын шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Ушырасыў жуўмағында еки тәреплеме байланысларды избе-из раўажландырыў, университетлераралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў ҳәм әмелий жойбарларды жедел әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.