Ушырасыў даўамында тәреплер мәмлекетлеримиз арасында жоқары билимлендириў ҳәм илим тараўындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы, әмелдеги қоспа жойбарлар, академиялық алмасыў бағдарламалары, профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў, жоқары оқыў орынларында япон тилин оқытыўды кеңейтиў ҳәм биргеликтеги илимий-изертлеўлерди буннан былай да раўажландырыў мәселелерин додалады.
Қоңыратбай Шарипов ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда техника ҳәм инженерлик, мәлимлеме-санлы технологиялар, санаат технологиялары, медицина, инновациялық қолланбалар, машина қурылысы, энергетика, қайта тикленетуғын энергия дәреклери, геология, архитектура ҳәм қурылыс сыяқлы бағдарлардағы бағдарламаларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.
Тәреплер Өзбекстанда қоспа университет шөлкемлестириў бойынша әмелий жумысларды жеделлестириў, Японияның жетекши университетлери менен жаңа меморандумларға қол қойыў, студентлер, илимий изертлеўшилер ҳәм стажёрлар алмасыўын кеңейтиў, қысқа ҳәм узақ мүддетли лекция ҳәм семинарлар өткериў ушын япониялы профессор-оқытыўшыларды тартыў, биргеликтеги илимий-технологиялық жойбарларды күшейтиў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиўди жеделлестириўге таяр екенлигин билдирди.
Профессионал билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери де көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан-Япония қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм еки мәмлекет жоқары оқыў орынлары арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға келисип алды.