Гуманитарлық жүкти қабыллаў мәресиминде Дарагаз қаласының ҳәкими Муджтаба Базмара, Иран Сыртқы ислер министрлигиниң Хорасан-Разавий ўәлаятындағы ўәкилханасының басшысы, министрдиң кеңесгөйи Али Масумифар, сондай-ақ, Иранның Түркменстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Али Муджтаба Рузбаханий қатнасты.

Иран тәрепи Өзбекстан Республикасы Президентине көрсетилген жәрдем ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирип, бул ҳәрекет еки мәмлекет арасындағы дослық, тилеклеслик ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў дәстүрлериниң айқын көриниси екенин атап өтти.