Бул ийгиликли баслама Аўғанстан халқын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы жақсы қоңсышылық ҳәм дослық қатнасықларын және де беккемлеў мақсетинде Рамазан ҳайыты қарсаңында әмелге асырылды.
Гуманитарлық жүктиң улыўма салмағы 290 тоннадан асламды қурады. Оның қурамына ун, гүриш, бийдай, өсимлик майы, тез писетуғын өнимлер, макарон ҳәм кондитер өнимлери және басқа да азық-аўқат түрлери киргизилген.
Ҳайратон қаласында гуманитарлық жәрдемди рәсмий тапсырыў мәресими болып өтти.
Илажда Балх ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Мавлавий Абу Идрис, Сыртқы ислер министрлигиниң Балх ўәлаятындағы ўәкиллери, сондай-ақ, Ҳайратон қаласы ҳәкимлигиниң басшылары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа аўған халқына көрсетилип атырған турақлы итибар, қоллап-қуўатлаў ҳәм аўызбиршилик ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
Мәресимде Өзбекстанның Аўғанстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Айбек Усмонов ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими Улуғбек Қосимов та қатнасты.