Транспорт инфраструктурасын жақсылаў арқалы Өзбекстанға келетуғын сырт елли туристлердиң санын 2030-жылға барып 25 миллионға жеткериў мүмкин.
Атап айтқанда, жаңа халықаралық аэропортлар қурылып, олардың саны 18 ге жетти. Ҳәзирги ўақытта аймақлардағы 7 халықаралық аэропорт заманагөй талаплар тийкарында жаңаланбақта.
Буннан тысқары, сырт елли туристлер ағымының өсиўи, жетекши сырт елли экспертлер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң усынысларын есапқа алып, Ташкент ўәлаятында жаңа халықаралық аэропорт қурылмақта.
Бүгинги күнде Саудия Арабстаны, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қатар, Корея Республикасы, Қытай, Ҳиндстан, Малайзия, Түркия, Россия, Польша сыяқлы мәмлекетлердиң 51 авиакомпаниясы Өзбекстанға турақлы пәрўазларды әмелге асырмақта. АҚШтан 22 заманагөй "Boeing" самолётының сатып алыныўы Өзбекстанды Қубла-Шығыс Азия регионлары, Европа, АҚШ ҳәм басқа да мәмлекетлер менен байланыстырыў, туристлер ҳәм исбилерменлер ушын жаңа имканиятлар жаратады.
Соның менен бирге, ишки темир жол ҳәм автомобиль инфраструктурасы жедел модернизацияланбақта. Жаңа қолайлы электропоездлар ҳәм тезжүрер поездлар қатнаўы жолға қойылмақта, электробуслардың қатнаўы жолға қойылмақта. Елимиздиң ең шетки аймақларын да қамтып алған туристлик жөнелислер бойлап автомобиллер парки ҳәм жол инфраструктурасы раўажландырылмақта.
Егер бурын сырт ел туристлериниң ағымын 2030-жылға шекем 15 миллионға жеткериў режелестирилген болса, Ташкент ўәлаятында жаңа аэропорттың қурылыўы, Самарқанд, Бухара, Әндижан ҳәм Үргенште жаңа аэропортлардың иске қосылыўы бул көрсеткишти дерлик еки есеге арттырыў - 2030-жылға шекем сырт ел туристлериниң санын 25 миллионға жеткериў имканиятын береди.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан айына 1 миллионнан аслам туристлерди қабыл етеди, бирақ белгиленген мақсетке ерисиў ушын бул көрсеткишти айына 2 миллионнан аслам туристке жеткериў керек.
Әмелге асырылып атырған реформалар заманагөй, қолайлы ҳәм қәўипсиз транспорт системасын жаратыўға қаратылған болып, бул Өзбекстанды жергиликли ҳәм сырт елли саяхатшылар ушын және де қолайлы ҳәм тартымлы бағдарға айландырыўы сөзсиз.