Форумда Өзбекстан Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң бөлим баслығы Азамат Абдуллаев қатнасты. Ислам қаржылары тараўында билимлендириўди раўажландырыў ҳәм тараўды турақлы раўажландырыўдың тийкары сыпатында инсан капиталын қәлиплестириў ҳаққында баянат жасады.

Министрлик ўәкили өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ислам қаржылары тараўында қәнигелер таярлаў системасын жетилистириўдиң бес тийкарғы бағдарын таныстырды. Нормативлик-ҳуқықый базаны беккемлеў, профессор-оқытыўшылардың маманлығын арттырыў, санлы технологиялар ҳәм ESG принциплерин енгизиў, миллий илимий мийрасты тиклеў, билимлендириў бағдарламаларын халықаралық стандартларға бейимлестириў усылардың қатарына киреди.

Форум қатнасыўшылары Өзбекстанда ислам қаржылары тараўындағы билимлендириўди раўажландырыў ҳәм заманагөй қәнигелерди таярлаў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады.

Илаж шеңберинде халықаралық финанс институтлары ҳәм жетекши сырт ел университетлериниң ўәкиллери менен де ушырасыўлар өткерилди. Тәреплер бирге ислесиў перспективаларын, соның ишинде, қоспа билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыў, оқытыўшылардың маманлығын арттырыў, халықаралық кәсиплик сертификатлаў системаларын енгизиў мәселелерин додалады.