Әзербайжанда өткерилип атырған ҒМДА ойынларында Өзбекстаннан 254 спортшы қатнаспақта

    Спорт 25 қыркүйек 2025 976

    25-сентябрьден 9-октябрьге шекем Әзербайжанда Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамының гезектеги ойынлары болып өтпекте. Бул ири спорт жарысында Өзбекстан миллий сайланды командасы да қатнаспақта. Олар күни кеше жарыс өткерилетуғын мәмлекетке жөнеп кетти.

    Жарыс Әзербайжанның бир неше қалаларында - Габала, Ганжа, Гёйгул, Мингячевир, Шеки, Ханкенди ҳәм Евлахда шөлкемлестирилген.

    Өзбекстан спорттың стол тенниси, стенд атыў, бадминтон, футбол, оқ атыў, жүзиў, волейбол, еркин ҳәм ҳаял-қызлар гүреси, грек-рим гүреси, 3х3 баскетбол, қылышласыў, самбо, дзюдо, таэквондо WТ, академиялық ескек есиў, байдарка ҳәм каноэда ескек есиў, каратэ, көркем гимнастика, батутта секириў, човган (ат үстиндеги миллий ойын), оқ жайдан оқ атыў ҳәм бокс сыяқлы 23 түринде қатнаспақта.

    Улыўма, мәмлекетимизден 254 спортшы қатнаспақта. Делегация мүнәсип нәтийжелер көрсетиў ҳәм Өзбекстанның халықаралық майдандағы спорт имиджин беккемлеў нийетинде.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates