Илажда Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекетлериниң жуўапкер басшылары, соның ишинде, Өзбекстан, Әзербайжан ҳәм Түркменстан парламентлериниң басшылары, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан парламентлери басшыларының орынбасарлары қатнасты. Мәжилисте БМШтың қәнигелескен структуралары, атап айтқанда, Превентив дипломатия бойынша орай ҳәм "Бирлескен Миллетлер Шөлкеми - Ҳаял-қызлар" шөлкеминиң ўәкиллери де қатнаспақта.

Бизге белгили, бул платформа 2020-жыл декабрь айында Өзбекстанның басламасы менен региондағы ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың сиясий, экономикалық ҳәм социаллық рольин арттырыў, имканиятларын кеңейтиў мақсетинде рәсмий емес регионаллық платформа сыпатында шөлкемлестирилген.

2021-жылы Өзбекстан бул сөйлесиўге басшылық етти. Қысқа мүддетте Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўи гендер теңлик ҳәм турақлы раўажланыўды алға қойыў, регион ҳаял-қызлары арасында тилеклеслик ҳәм әмелий бирге ислесиўди беккемлеўге садық ҳаял-қызлардың әҳмийетли рәсмий емес коалициясы сыпатында өзин көрсетти.

Сөйлесиў шөлкемлестирилгеннен берли бир қатар ушырасыўлар өткерилип, гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиўдиң көплеген әҳмийетли мәселелери, сондай-ақ, бул бағдардағы регионаллық бирге ислесиў перспективалары додаланды.

Усы жылы да Өзбекстан Сөйлесиўге басшылық етпекте. Әзербайжан Республикасының усы жылдан баслап Сөйлесиў форматына қосылғаны регионаллық бирликти және де беккемлеў ҳәм өз-ара пайдалы шерикликти кеңейтиўге хызмет етеди.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева ашты. Сенат Баслығы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ўәлаятта ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, олардың потенциалын қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик басқарыўдағы рольин беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Сөйлесиў шеңбериндеги ҳаял-қызлар тилеклеслиги регион ҳаял-қызларының барлық интеграция ҳәм мәмлекетлераралық бирге ислесиў процесслеринде қатнасыўын жеделлестирип, мәмлекетлердиң раўажланыўына барған сайын үлкен үлес қосып атырғаны атап өтилди.

Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан жетекши ҳаял-қызлары қарым-қатнасының бул гезектеги мәжилисиниң додалаў темасы илимде ҳаял-қызлар жетекшилиги, заманагөй қәўип-қәтерлер, инновациялық шешимлер ҳәм илимий бирге ислесиў мәселелерин додалаўдан ибарат болды.

Күн тәртибиндеги мәселелерди додалаўда делегациялардың басшылары, сондай-ақ, илимий ҳәм экспертлер жәмийетшилигиниң, Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекетлери, халықаралық шөлкемлердиң илимпаз ҳаял-қызларының ўәкиллери қатнасты. Олардың шығып сөйлеген сөзинде Сөйлесиўдиң усы жылғы алдағы мақсет ҳәм ўазыйпалары бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Сөйлесиў қатнасыўшылары платформа шеңберинде бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүрлиги ҳаққында бирдей пикир билдирди.

***

Усы күни Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўи шеңберинде "Илимде ҳаял-қызлар жетекшилиги: заманагөй қәўип-қәтерлер, инновациялық шешимлер ҳәм илимий бирге ислесиў" атамасында илимпаз ҳаял-қызлар форумы болып өтти.

Форумның айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Бул үлкен интеллектуаллық потенциал, тарийхый жақынлық ҳәм улыўма келешек мәканы болып есапланады. Регион мәмлекетлерин Уллы жипек жолы дәстүрлери, улыўма қәўип-қәтерлер ҳәм турақлы раўажланыўға умтылыў бирлестирип турады.

Шығып сөйлегенлер илим, инновациялық технологиялар, жасалма интеллектти раўажландырыў мәселелери Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары күн тәртибинен турақлы орын ийелейтуғынын атап өтти. Усы мәниде, жоқары дәрежеде қабыл етилген келисимлерди әмелге асырыўға ерисиўде ҳаял-қызлардың изертлеўши, инновационер ҳәм илимий раўажланыў жетекшиси сыпатындағы айрықша орны артып бармақта.

Бүгин дүнья жүзи кең көлемли қәўип-қәтерлер - климат өзгериўи, суў ресурсларының жетиспеўшилиги, жедел санлы трансформация, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўлардағы жаңа қәўип-қәтерлерге дус келмекте. Бул оғада қурамалы ўазыйпаларды илимий излениўлер ҳәм инновациялық қатнасларсыз, жоқары маман кадрлар таярламай турып шешиў мүмкин емес екени анық.

Форум Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан илимпаз ҳаял-қызлары арасында илимий бирге ислесиў ҳәм сөйлесиў ушын турақлы платформа жаратыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги изертлеўлер, инновациялық жойбарларды раўажландырыў ҳәм илим тараўында ҳаял-қызлардың жетекшилик потенциалын беккемлеўге қаратылған биргеликтеги шешимлерди ислеп шығыў мақсетинде илимий ҳәм эксперт жәмийетшилиги, Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан илимпаз ҳаял-қызлары, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин бирлестирди.

Шығып сөйлегенлер заманагөй шараятта регион мәмлекетлери илимди раўажландырыў, инновацияларды енгизиў, илимий кадрлар таярлаў ҳәм изертлеў инфраструктурасын беккемлеў менен байланыслы улыўмалық қәўип-қәтерлерге дус келип атырғанын атап өтти.

Форум қатнасыўшылары илим ҳәм инновацияларды раўажландырыўда ҳаял-қызлардың орны, илимпаз ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың илимий тараўдағы қатнасын кеңейтиў бойынша пикир алысты. Оларды профессионал түрде әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў регион мәмлекетлериниң турақлы раўажланыўының әҳмийетли факторы екени атап өтилди.

Форум шеңберинде еки панелли сессия өткерилди. Биринши панель мәжилиси илим ҳәм инновациялардың жетискенликлеринен пайдаланған ҳалда аймақларды раўажландырыў имканиятлары ҳәм перспективаларына бағышланды. Додалаў даўамында регион мәмлекетлериниң илимий потенциалын раўажландырыў, инновациялық экосистеманы кеңейтиў, илимий-технологиялық бирге ислесиўди беккемлеў, ҳаял-қызлардың илимий ҳәм изертлеў жумысындағы рольин арттырыў мәселелери көрип шығылды.

Илимнен экономиканы диверсификациялаў қуралы сыпатында пайдаланыў, регион мәмлекетлери арасындағы технологиялық шерикликти раўажландырыў, илимди қаржыландырыў механизмлерин жетилистириў ҳәм нәтийжели инновациялық инфраструктураны қәлиплестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, қатнасыўшылар билимлендириў системасы арқалы жаңа әўлад изертлеўшилерин таярлаўдың перспективалары, илимий тараўда жасларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары, аймақлараралық академиялық ҳәм илимий алмасыў бағдарламаларын раўажландырыў мәселелерин көрип шықты.

Екинши панель сессиясында турақлы раўажланыў, экология, жасалма интеллект, мәдений мийрас ҳәм жәмийет саламатлығы мәселелери додаланды.

Қатнасыўшылар қоршаған орталыққа унамсыз тәсирди азайтыў ҳәм келешек әўладлардың экологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған "жасыл" технологияларды раўажландырыў ҳәм экологиялық турақлы шешимлерди енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Сондай-ақ, жасалма интеллектти илимий жумыс, билимлендириў, медицина ҳәм мәмлекетлик басқарыўда қолланыў перспективаларына тоқтап өтилди. Заманагөй санлы технологиялар илим ҳәм инновациялық раўажланыўды жеделлестириўдиң әҳмийетли қуралына айланып атырғаны атап өтилди.

Жаслар арасында илимди ғалаба ен жайдырыў, студентлер, магистрантлар ҳәм докторантлар ушын устазлық системасын раўажландырыў, ҳаял-қызлар ушын илимий тараўдағы институционаллық ҳәм социаллық тосқынлықларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Форум қатнасыўшылары Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжанның илимий, интеллектуаллық ҳәм технологиялық потенциалын турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, илимий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм регионның инновациялық келешегин қәлиплестириў ушын бирлестириў әҳмийетли екенин атап өтти.

Форум жуўмағында билдирилген пикир-усынысларды әмелге асырыў, соның ишинде, регионда илимий бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм биргеликтеги изертлеўлерди алға қойыў механизми болатуғын “SheScience Central Asia” ҳаял-қызлар илимпазларының регионаллық тармағын жаратыў бойынша Биргеликтеги билдириў қабыл етилди.