Өзбекстан СИМниң билдириўинде келисимлерге ерисиў процесинде АҚШ ҳәм Иран
басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм узақты гөзлегенлиги атап өтилген. Атап
өтилиўинше, ерисилген келисим пүткил халықаралық жәмийетшилик асығып күтип
атырған тынышлық шешими ушын тийкар жаратады.
Сондай-ақ, әҳмийетли
өз-ара түсинисиўге ерисиў ушын шараятлар жаратыўға жәрдем берген Пакистан ҳәм
Қатардың үлеси, Түркия, Саудия Арабстаны, Египет ҳәм басқа да регионаллық
шериклердиң ҳәрекетлери жоқары баҳаланбақта.
Өзбекстан келеси
сөйлесиўлердиң конструктивлик характерге ийе болыўына ҳәм нәтийжели әмелге
асырылыўына исенемиз.
Билдириўде
келиспеўшиликлерди халықаралық ҳуқық принциплери тийкарында, өз-ара ҳүрмет ҳәм
барлық тәреплердиң мәплерин есапқа алған ҳалда дипломатиялық жол менен шешиў
тынышлық ҳәм глобаллық қәўипсизликти тәмийинлеўдиң тийкарғы шәрти болып
қалатуғыны атап өтилген.