Өзбекстан Газа секторындағы атысыўды тоқтатыў ҳаққындағы келисимди қоллап-қуўатлайды

    Өзбекстан Республикасы Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптың тиккелей қоллап-қуўатлаўы менен Газа секторында оқ атыўды тоқтатыў ҳәм гиреўге алынғанларды азат етиў ҳаққындағы келисимге ерисилгенин қоллап-қуўатлайды.

    Зорлық-зомбылықты тез пурсатта сапластырыў, гуманитарлық кризисти жеңиллетиў ҳәм сиясий сөйлесиўди қайта тиклеў ушын тийкар жаратып атырған бул әҳмийетли процессте салмақлы рол атқарған Египет, Қатар ҳәм Түркияның муўапықласқан жумысын жоқары қәдирлеймиз.

    Өзбекстан бәрқулла халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң резолюцияларына тийкарланған Жақын Шығыста беккем ҳәм әдалатлы тынышлық тәрепдары болып есапланады.

    Оқ атыўды тоқтатыў ўақтыншалық илаж емес, ал тәреплер арасында қәўипсизлик, турақлы бирге жасаў ҳәм исенимди тиклеўди кепиллейтуғын узақ мүддетли сиясий келисимге қарай қәдем болыўы керек екенлигине исеним билдирилди.

    Өзбекстан Республикасы Жақын Шығыс регионында тынышлық, турақлылық ҳәм гуманитарлық жеңилликлерге ерисиўге қаратылған халықаралық ҳәрекетлерге буннан былай да конструктивлик жәрдем көрсетиўге таяр екенин тастыйықлайды", делинеди Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң билдириўинде.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates