Тийкарғы итибар реал саўданы раўажландырыў, технологияларды енгизиў ҳәм анық шәртнамалар дүзиўге қаратылған.

АҚШ Өзбекстан ушын жоқары технологиялық өнимлерди жеткерип бериўде әҳмийетли тәмийнатшылардан бири екени атап өтилди. Boeing компаниясының авиация техникалары ҳәм хызметлери, автомобиль технологиялары, суўды үнемлейтуғын шешимлер, аўыл хожалығы өнимлери, пахта тармағы ушын үскенелер, санаат техникасы, химия өнимлери ҳәм санлы системалар ҳаққында сөз бармақта. Экономика өскен сайын бундай технологияларға талап артады.

Әҳмийетли пайдалы қазылмалар тараўындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды. Регион мәмлекетлери қайта ислеўди раўажландырыў ҳәм глобал жеткерип бериў шынжырларына интеграцияласыўдан, санаат ушын жеткерип бериўдиң турақлылығы ҳәм исенимлилигин тәмийинлеўден мәпдар.

Сондай-ақ, технологиялар ҳәм заманагөй стандартларды - "ақыллы" аўыл хожалығынан санаатты автоматластырыўға шекем трансферлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Бундай бирге ислесиўди кеңейтиў Өзбекстанға санаатты модернизациялаўды жеделлестириў, алдынғы технологиялардан пайдаланыў ҳәм глобал өндирис шынжырларындағы орнын беккемлеў имканиятын беретуғыны күтилмекте.