Өзбекстан "Туризм аўыллары - туризмниң турақлы раўажланыўы" жойбары ушын БМШтың арнаўлы сыйлығы менен сыйлықланды

    Туризм 25 қыркүйек 2025 489

    Японияда өткерилип атырған «Tourism EXPO Japan-2025» халықаралық туризм көргизбеси шеңберинде БМШтың Туризм арнаўлы сыйлығын тапсырыў мәресими болып өтти.

    Бул сыйлық "Глобал туризм этикасы хартиясы"нда белгиленген "Корпоративлик ҳәм регионаллық социаллық жуўапкершилик" нормаларына сәйкес келетуғын сийрек ушырасатуғын, инновациялық ҳәм әҳмийетли жойбарлар ушын бериледи.

    Туризм комитети "Туризм аўыллары - туризмниң турақлы раўажланыўы" жойбары ушын БМШтың арнаўлы сыйлығына миясар болғанын атап өтиў қуўанышлы.

    Жойбар жергиликли тәбиятты, турмыс тәризин, мәденият ҳәм дәстүрлерди қәдирлеў ҳәм олардан пайдаланыў, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик секторлар менен биргеликте туризм бағдарларының тартымлылығын арттырыўға қаратылған. Бағдарлама шеңберинде жумыс орынларын жаратыў, турақлы туризмди раўажландырыў ҳәм аймақларды узақ мүддетли раўажландырыў бойынша ҳәрекетлер әмелге асырылмақта.

    Мағлыўмат ушын, 2023-жылы Өзбекстандағы "Сентоб" туристлик аўылы UN Tourism таллаўы бойынша ең жақсы туристлик аўыл деп тән алынды. Бүгинги илажда бул жойбар және бир мәрте үлги сыпатында атап өтилип, табыслы туризм аўылының үлгиси сыпатында басқа мәмлекетлерге усыныс етилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates