"Меродэ" резиденциясында болып өткен илажда Өзбекстан ҳәм ЕА мәмлекетлериниң 150 ден аслам исбилермен топарларының ўәкиллери қатнасты. Оның ашылыў мәресиминде Европа комиссиясының атқарыўшы вице-президенти Тереса Рибера, инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов, сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов ҳәм EuroUz басқармасының баслығы Пьер-Поль Антёниссенс қатнасты.
Лазиз Қудратов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан ҳәм ЕА арасындағы өз-ара саўда кейинги жылларда дерлик еки есеге көбейип, 2018-жылдағы 3,2 миллиард доллардан 2024-жылы 6,3 миллиард долларға, 2025-жылдың январь-август айларының жуўмақларына бола 4,5 миллиард долларға (+9 процент) жеткенин атап өтти. "ГСП+" системасына қосылыў себепли Өзбекстан ислеп шығарыўшылары Европа базарына кеңнен шығыў имканиятына ийе болды, бул болса экспорт көлеминиң артыўына ҳәм қоспа кәрханалардың раўажланыўына хызмет етпекте.
ИРВ басшысы қатнасыўшыларға "Өзбекстан-2030" стратегиясы шеңберинде экономиканы либералластырыў, санлы ҳәм "жасыл" технологияларды енгизиў, инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаўға қаратылған реформаларды таныстырды.
Бирге ислесиўдиң төрт тийкарғы бағдары - таў-кән санааты ҳәм әҳмийетли минераллар, фармацевтика, санластырыў, азық-аўқат санаатына айрықша итибар қаратылды.
Форум шеңберинде инвестициялар, Евроазия өз-ара байланыслылығы ҳәм тәбийғый ресурслардан турақлы пайдаланыў мәселелерине бағышланған панель сессиялары өткерилди. Спикерлер қатарында Европа инвестициялық банки, ОЭСР, SUEZ, SES, Greystar Real Estate Partners ҳәм басқа да жетекши шөлкемлердиң ўәкиллери шығып сөйледи.
Илаж жуўмағында инвестициялар, логистика, фармацевтика, санлы технологиялар ҳәм санаат кооперациясы тараўларында 8 келисим ҳәм меморандумға қол қойылды. "Өзхимиясанаат" ҳәм NEXTCHEM S.P.A., СП «UZ-SAT» қоспа кәрханалары, SES ҳәм VEON компаниялары арасында кабеллерди жеткерип бериў бойынша дүзилген шәртнамалар усылардың қатарына киреди.
Форум Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы исеним ҳәм стратегиялық шерикликти раўажландырыўдан мәпдарлық жоқары екенин тастыйықлап, экономикалық байланысларды беккемлеў ушын әҳмийетли майданға айланды.