Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың экономикалық жумысын қоллап-қуўатлаў бағдарында Өзбекстан топ-5 мәмлекет қатарына кирди. Есабатта бир қатар системалы реформалар унамлы баҳаланды.

Соның ишинде, мәмлекетлик сатып алыўлар системасына гендер бағдарланған қағыйдалар киргизилди, ҳаял-қызлар исбилерменлигин хошаметлеўши нормалар нызамшылыққа киргизилди, социаллық қорғаў ҳәм мийнет тараўындағы айырым шеклеўлер қайта көрип шығылды.

Нәтийжеде мәмлекетимиз "Еркинлик", "Шаңарақ", "Мийнетке ҳақы төлеў", "Балаларды тәрбиялаў", "Мүлк ҳәм мийрас" индекслери бойынша максимал 100 баллға ийе болды. Сондай-ақ, "Мийнет" индикатори бойынша көрсеткишлер 50 баллдан 91,75 баллға, "Пенсия" индикаторы бойынша болса 50 баллдан 66,75 баллға артқан.

Соның менен бирге, есапта исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылаў, мийнет базарының имканиятларын кеңейтиў, социаллық хошаметлеўдиң реал механизмлерин күшейтиў, билимлендириў ҳәм мониторинг системасын избе-из жетилистириў бойынша реформаларды даўам еттириў усыныс етилген.