Сөйлесиўлердиң тийкарғы итибары саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, инвестицияларды тартыў ҳәм Өзбекстан компанияларының халықаралық капитал базарларына шығыўына қаратылған. Банк-қаржы тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм АҚШ фонд базарында шерикликти тереңлестириў имканиятларына айрықша итибар қаратылмақта.
Сапар шеңберинде АҚШтың денсаўлықты сақлаў, мийманхана бизнеси, девелопмент, инновациялар ҳәм жоқары технологиялар тараўларындағы жетекши компаниялары менен ушырасыўлар өткериў режелестирилген. Сөйлесиўлердиң айрықша блогы санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектке бағышланған болып, онда мәмлекетлик хызметлер системасына инновациялық шешимлерди интеграциялаў ҳәм санаат тараўын раўажландырыў жоллары додаланады.
Ушырасыўлардың конструктивлик характери Өзбекстан - АҚШ шериклигиниң стратегиялық әҳмийетин тастыйықлайды ҳәм экономиканың әҳмийетли тараўларында бирге ислесиў ушын жаңа имканиятлар ашады.









