Бул нәтийже мәмлекетимиздиң илимий-изертлеў ҳәм инновациялық потенциалы, раўажланыў тенденциялары сезилерли дәрежеде артып атырғанын және бир мәрте тастыйықлайды.
Мағлыўмат ушын: Глобал инновациялық индекс ҳәр жылы сентябрь айында жәрияланады ҳәм 2 тийкарғы субиндекс ҳәм 7 бағдар бойынша бирлестирилген 80 ге шамалас индикатор тийкарында таярланады. Бул индикаторлар мәмлекетлердиң инновациялық потенциалы, билим ҳәм технологиялардың раўажланыўы, бизнес орталығы ҳәм басқарыў сапасын анықлаўда тийкарғы өлшем болып есапланады.
Соның менен бирге, Өзбекстанның бир қатар индикаторлар бойынша көрсеткишлери жақсыланды. Соның ишинде, "Инсан капиталы ҳәм илимий изертлеўлер" индикаторы бойынша мәмлекетимиз 12 текшеге, "Билим ҳәм технологиялар өнимлери" индикаторы бойынша 10 текшеге, "Базар раўажланыўы" индикаторы бойынша 4 текшеге көтерилди.
Сондай-ақ, республикамыз "Дәраматы орташа көрсеткиштен төмен болған мәмлекетлер" топарында 37 мәмлекет арасында 7-орынға (2024-жылы 10-орын) көтерилди ҳәм Орайлық Азияда 1-орынды, Қубла Азия регионында Ҳиндстан ҳәм Ираннан кейин 3-орынды (2024-жылы 4-орын) ийеледи.









