Өзбекстан Миграция агентлиги
басшысы Беҳзод Мусаев, Өзбекстанның Чехиядағы елшиханасы ҳәм Чехия Республикасы
денсаўлықты сақлаў министри Адам Войтехтиң сөйлесиўлери жуўмағында тийисли
келисимге ерисилди.
Бағдарлама шеңберинде өзбекстанлы медицина қәнигелери
чех тилин үйрениў ҳәм Чехияда жумыс ислеў ушын зәрүр болған кәсиплик таярлықтан
өтиўи мүмкин болады. Буннан тысқары, тәреплер дуал билимлендириў
бағдарламаларын ислеп шығыў, сондай-ақ, диплом ҳәм кәсиплик маманлықларды тән
алыў тәртиплерин әпиўайыластырыў нийетинде.
Жойбардың әмелге асырылыўы Чехия денсаўлықты сақлаў
системасында ислеў ушын маман кадрларды таярлаў ҳәм сырт елде Өзбекстан
пуқараларын рәсмий жумыс пенен тәмийинлеў имканиятларын кеңейтиўи күтилмекте.