Препарат вирусқа тиккелей ҳүжим етпейди, организмниң иммун системасын жеделлестирип, тәбийғый қорғаныўды күшейтеди. Ол интерферонлар ислеп шығарылыўын күшейттирип, организмди вирусларға қарсы гүреске "таяр жағдайға" келтиреди.

Препарат ушын барлық нормативлик-техникалық ҳүжжетлер таярлап қойылған. Елимиздеги илим жетискенликлери тийкарында жаратылған "ЦелАгрип" халықтың саламатлығын қорғаўда исенимли қәдем болып есапланады.