Жойбар шеңберинде имаратлар ҳәм инженерлик объектлериниң жер силкиниўге шыдамлылығын баҳалаўға мөлшерленген еки компонентли сейсмометр жаратылған.
Қолланба жер силкиниўлери ўақтында имарат ҳәм объектлердиң тербелиўин дизимге алыў имканиятын береди, бул болса объектлердиң сейсмикалық тәсирлерге шыдамлылығын таллаўда әҳмийетли қурал есапланады.
соның менен бирге, жаңа сейсмодатчик сейсморазведкада, сейсмологиялық изертлеўлерде, сондай-ақ, инженерлик мониторинг станцияларының қурамында кеңнен қолланылыўы мүмкин.
Технология санааттағы жарылыўлар нәтийжесинде пайда болатуғын сейсмикалық толқынлардың интенсивлигин баҳалаўда, әсбап-үскенелер, машиналар ҳәм ислеп атырған механизмлер тербелислериниң өндирис объектлерине тәсирин таллаўда да жоқары нәтийже көрсетеди.
Ислеп шығыўшылардың атап өтиўинше, бул технологияның енгизилиўи жер силкиниў қәўипли аймақларда имаратлардың қәўипсизлик дәрежесин, инженерлик есап-санақларының анықлығын ҳәм мониторинг сапасын арттырыў имканиятын береди.
Ҳәзирги ўақытта инновациялық қолланба ушын Өзбекстан Республикасының ойлап табыўға патенти алынған болып, бул оның илимий жаңалығы ҳәм әмелий әҳмийетин тастыйықлайды.