Илимпазлар қоршаған орталықтың популяцияны қоллап-қуўатлаў қәбилети "өткизиў қәбилети" деп аталатуғынын атап өтеди - бул қолда бар болған ресурслар ҳәм олардың тиклениў тезлигине тийкарланып узақ ўақыт бар болыўы мүмкин болған индивидлер санының баҳалаўы. XX әсирде халықтың тарийхый тез өсиўи қазылма жанылғылардан, соның ишинде, санаат ҳәм аўыл хожалығы ушын кең пайдаланыў себепли мүмкин болды.
Еки әсирден аслам демографиялық мағлыўматлардан пайдаланып, Брэдшоу ҳәм оның жәмәәти глобал ҳәм регионаллық дәрежедеги халықтың өзгериўин анализ етти. Олар ашлық, кеселлик ҳәм урыслар сыяқлы ақыбетлерди есапқа алмайтуғын теориялық шек болған максимал өткериў қуўатлылығы менен турақлы жасаў ҳәм ең аз мүмкин болған турмыс дәрежесин тәмийинлейтуғын оптимал өткериў қуўатлылығы арасында айырмашылық жасады, деп жазады mk.ru.
Изертлеўлер көрсеткениндей, 1950-жылларға шекем халықтың саны тез пәт пенен өскен, бирақ 1960-жыллардың басларынан баслап өсиў пәсейди, авторлар буны "терис демографиялық фаза" деп атайды. Егер ҳәзирги тенденциялар даўам ете берсе, 2060-жыллардың ақырына ямаса 2070-жылларға келип жер жүзи халқы саны 11,7-12,4 миллиард адамға жетиўи мүмкин. Жер жүзи шыдам бере алатуғын абсолют максимум шама менен 12 миллиард адам, турақлы өткериў қуўатлылығы болса тек ғана 2,5 миллиард.
Планетаның имканиятларынан асып кетиўиниң экологиялық ақыбетлери еле сезилмекте: 2026-жыл январьда БМШ дүньяны суў банкротлығы жағдайында деп жәриялады, ресурслар ушын инсан менен бәсекилесе алмағаны себепли ҳайўанлар популяциясы азайып бармақта, қазылма жанылғыларға ғәрезлилик болса антропоген климат өзгерислерин күшейтип, экосистемалар ҳәм тәбийғый ресурсларды жоқ етпекте. Изертлеўлердиң көрсетиўинше, халықтың көбейиўи глобал климат аномалиялары ҳәм экологиялық өзгерислерге жан басына тутыныўға қарағанда көбирек тәсир көрсетеди.
Планетаның тиришиликти тәмийинлеў системалары үлкен күш түсиў астында. Энергия, жер ҳәм азық-аўқаттан пайдаланыўымызда жедел өзгерислер болмаса, миллиардлаған адамлар артып баратырған турақсызлыққа дус келеди", - деп ескертеди Брэдшоу.
Илимпазлар ҳәрекет етиў ушын еле ўақыт бар екенин атап өтпекте. Планетамыз ресурслар - суў, жер, энергия, биологиялық ҳәр түрлиликтен пайдаланыў усылларын түп-тийкарынан өзгертиўге ҳәм экологиялық қәўипли қысқа мүддетли шешимлердиң орнын басатуғын инсаный ҳәм турақлы механизмлерди енгизиўге мүтәж. Тек усы жол менен келешектеги адам популяциясының өмирин тәмийинлеўге ҳәм узақ мүддетли перспективада планетада өмирди сақлап қалыўға болады.