Өзбекстанлы теннисши Камилла Раҳимова WTA 125 чемпионы болды

    Спорт 10 желтоқсан 2025 94

    Францияның Анже қаласында өткерилген «WTA 125 Open Angers Arena Loire» турниринде өзбекстанлы теннисши Камилла Раҳимова жеңиске еристи. Ол финал ойынында германиялы теннисшы Татьяна Корпачты 6:3, 7:6 (4) есабында жеңип, исенимли ҳәм турақлы ойын көрсетти.

    Финал басқышының дәслепки минутларынан баслап Раҳимова кортта басламаны қолға киргизди. Биринши сетте ол қарсыласының усылына тез бейимлести ҳәм исенимли түрде партияны жеңиске жеткерди. Екинши сетте беллесиўлер әдеўир қызғын өтти, бирақ Камилла әҳмийетли ўақытларда сабырлылық ҳәм исеним көрсетип, тай-брейкте жеңиске еристи ҳәм көп күтилген чемпионлықты қолға киргизди, деп хабар бермекте Өзбекстан теннис федерациясы.

    Анжедеги жеңиске ерисиў жолы аңсат болмады. Ярым финалда Рахимова чемпионаттың екинши ракеткасы хорватиялы Ана Ружич үстинен күшли жеңиске еристи. Бул беллесиў жарыстың ең тамашагөй ҳәм қызғын ўақыяларынан бири болды.

    Анжедеги чемпионлық Камилла ушын «WTA 125» дәрежесиндеги биринши мәўсим ҳәм Өзбекстан байрағы астына өткеннен соң оның карьерасындағы әҳмийетли қәдем болды. Бул жеңис теннисшиниң алдында жаңа перспективаларды ашып, оның таланты, мийнет сүйгишлиги ҳәм сабырлылығын тастыйықлайды.