Өзбекстан - Парагвай қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилди

    Сиясат 11 желтоқсан 2025 503

    "Көксарай" резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Парагвай Республикасы Президенти Сантьяго Пенья менен рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиўлери болып өтти.

    Өзбекстан ҳәм Парагвай арасындағы әмелий бирге ислесиўди және де беккемлеў перспективалары көрип шығылды.

    Өзбекстан жетекшиси Парагвай басшысын қызғын қутлықлап, бул сапар етиў Латын Америкасы мәмлекети Президентиниң Өзбекстанға дәслепки сапары екени менен тарийхый әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Бүгинги саммит еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықлардың раўажланыўында жаңа басқышты баслап беретуғыны атап өтилди.

    Сөйлесиўлерде еки тәреплеме бирге ислесиўди, соның ишинде, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық, билимлендириў ҳәм басқа да тараўлардағы байланысларды кеңейтиўдиң тийкарғы бағдарлары додаланды.

    Өз-ара саўда көлемин арттырыў, исбилерменлик байланысларын раўажландырыў, аўыл хожалығы, азық-аўқат ҳәм химия санааты, санластырыў, туризм ҳәм спорт тараўларында қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер сиясий сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм өз-ара пайдалы тараўларда әмелий бирге ислесиўди тереңлестириўге таяр екенин тастыйықлады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates