"Ўзтемирйўлконтейнер" "Ташкент-Алтынкөл" жөнелиси бойынша өз вагонлары орнатылған биринши контейнер поездын жолға қойды

    29 тамыз 2025 498

    "Ўзтемирйўлконтейнер" акционерлик жәмийети "Ташкент - Алтынкөл" (Қазақстан) жөнелиси бойынша биринши контейнер поездын өз вагонлары арқалы жибериўди әмелге асырды.

    Бул Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 27-январьдағы ПҚ-28-санлы қарары тийкарында мультимодал тасыўларды раўажландырыў ҳәм 3PL ҳәм оннан жоқары форматтағы хызметлерди көрсететуғын миллий транспорт операторларының үлесин кеңейтиўге қаратылған.

    Поезд "Ўзбекистон темир йўллари" АЖға қараслы 57 фитинг платформасынан ибарат болып, "Ўзтемирйўлконтейнер" компаниясы тәрепинен басқарылады. Бурын бул жөнелисте Қазақстан компанияларының вагонларынан пайдаланылған.

    Контейнерли состав жыйналмалы жүклер орнатылған 57 контейнерди тасып, еки күнде 1300 километр аралықты басып өтеди.

    "Ўзтемирйўлконтейнер" АЖ ҳәм Қазақстанның "Кедентранссервис" АЖ компаниясы арасындағы бирге ислесиў шеңберинде "Алтынкөл - Ташкент" жөнелиси бойынша вагонларды қайта жүклеў нәзерде тутылған.

    Компания логистика хызметлеринен пайдаланыўшылар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў арқалы өзиниң вагонлар паркин кеңейтиў ҳәм экспорт-импорт жөнелислери бойынша транспорт қәрежетлерин азайтыўды даўам еттиреди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates