2026-жылы Ташкент метрополитенине және 56 заманагөй вагон сатып алынады

    12 қараша 2025 314

    Соңғы күнлерде социаллық тармақларда "Ташкент метросындағы тығылыс машқалалары" атамасындағы материаллар тарқалмақта. Бул бойынша "Ташкент метрополитени" МУК рәсмий түсиник берди.

    Атап өтилиўинше, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен мәмлекетимизде жәмийетлик транспорт, соның ишинде, метрополитен системасын раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

    Ташкент метрополитенинде дерлик 40 жыл даўамында улыўма узынлығы 38 километр болған 29 бәндирги жумыс алып барған болса, кейинги 6 жылда және 21 жаңа бәндирги ҳәм 33 километр жоллар қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Усы тәризде, бүгинги күнде пайтахт метрополитенинде жәми 71 километр узынлықтағы 50 бәндирги бар.

    Жолаўшылар саны да сезилерли дәрежеде көбейди. 2021-жылы күнине 280-300 мың адам тасылған болса, 2024-жылы бул көрсеткиш 920-930 мыңға жеткен, бүгинги күнде күнине 1 миллионнан аслам жолаўшы тасылған.

    Соңғы үш жылда адамлардың тығыз ўақытта (7:30 ден 09:00 ге шекем) топланбаўы ҳәм қатнаў ўақтын қысқартыў мақсетинде поездлардың ҳәрекетлениў аралығы қысқартылды:

    • Чиланзар жөнелисинде - 5 минуттан (2021-жылы) 1,5 минутқа шекем (2025-жылы);
    • Өзбекстан жөнелисинде - 6 минуттан 3 минутқа шекем;
    • Юнусабад жөнелисинде - 11 минуттан 4 минутқа шекем;
    • "Өзбекистан Ғәрезсизлигине 30 жыл" жер үсти айланбасында - 12 минуттан 9 минутқа шекем.

    2021-жылға шекем 36 поезд ҳәрекетте болған болса, кейинги үш жылда және 41 заманагөй поезд алып келинип, 2025-жылға барып олардың саны 75 ке жетти. 2026-жылы және 56 заманагөй вагон сатып алыныўы режелестирилген болып, бул аралықты және де қысқартыў ҳәм жолаўшыларға қолайлылық жаратыў имканиятын береди.

    Сондай-ақ, "Ташкент метрополитени" МУК жолаўшыларға метрополитеннен пайдаланыў қағыйдаларына әмел етиў зәрүрлигин ескертти:

    • вагонлардың есиги алдында жыйналмаў;
    • шығып баратырған жолаўшыларға жол бериў;
    • тез ҳәм әсте шығыў;
    • есикке сүйенбеў;
    • поездларда ҳәм станцияларда жеке затларын қалдырмаў.

    Бул қағыйдаларға әмел етиў поездлардың өз ўақтында ҳәрекетлениўине, жолаўшылардың қәўипсизлигин ҳәм қолайлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

    "Ташкент метрополитени" УК биргеликтеги ҳәрекетлер менен пайтахт метрополитениниң барлық жөнелислеринде тәртип, қәўипсизлик ҳәм хызмет көрсетиў мәдениятының жоқары дәрежесин сақлап қалыўға ерисилетуғынына исеним билдирди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates