Англияда жасалма интеллект тәрепинен жаратылған жалған сүўрет себепли поездлар қатнаўы тоқтатылды

    11 желтоқсан 2025 108

    Англияның арқасындағы бир неше аймақларда 3,3 магнитудалы жер силкиниў бақланғанынан соң, "Карлайл темир жол көпири қулап түскендей" сүўрети социаллық тармақларда тез тарқалды.

    Сүўрет сондай исенимли көринди, Network Rail хызметкерлери оны ҳақыйқый фотосүўрет деп алжастырып, дәрҳал поездлар ҳәрекетин тоқтатып, инженерлерди имаратты қыстаўлы тексериўге жиберди.

    Негизинде, 179 жыллық көпир ҳеш қандай зыян көрмеген еди. Бирақ, жалған сүўретлеў себепли қәўипсизлик көзқарасынан 32 жолаўшы ҳәм жүк тасыў рейслери тоқтатылды ямаса кешиктирилди, үзилислер Шотландия сыяқлы алыс аймақлардағы хызметлерге де тәсир көрсетти. Network Rail ўәкили бундай ҳәдийселер "темир жолдың үзликсиз ислеўин тәмийинлейтуғын командалар ушын керексиз кешигиўлер ҳәм жумыс жүгин арттырады" деп атап өтти.

    Алдынрақ жасалма интеллекттен пайдаланыўға байланыслы усыған уқсас ҳәм басқа да тартыслы жағдайлардың алдын алыў ушын Италия Европа Аўқамында биринши болып нейротармақлардан пайдаланыўды тәртипке салыўшы нызамды қабыл еткен еди, деп хабар берди pravilamag.ru.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates