Сапар етиў шеңберинде
Өзбекстан делегациясы Белград қаласында болып өткен Парламентлераралық аўқам
депутат ҳаял-қызларының глобал конференциясында қатнасты.
Конференция жумысында
парламент делегациялары, халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлер, 65 мәмлекеттен
400 ден аслам делегат қатнасты.
Глобал конференцияны
Парламентлераралық аўқамның президенти Тулия Эксон ашып берип, бул халықаралық
әнжуманның әҳмийетин, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўдың актуал
екенлигин атап өтти.
Атап өтилгениндей, конференцияның тийкарғы мақсети
гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың сиясий қарарлар қабыл етиўдеги
қатнасын кеңейтиў ҳәм парламентте ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў бойынша
тәжирийбе алмасыўдан ибарат.
"Теңликти алға қойыў: гендер стереотиплер ҳәм
унамсыз социаллық нормалар тосқынлықларын жеңип өтиў" темасындағы сессияда
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева
мәмлекетимизде гендер теңлик тараўында әмелге асырылып атырған реформалар
ҳаққында баянат жасады.
Конференцияда Өзбекстанда гендер теңликти тәмийинлеў
мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгиленгени, соңғы
жылларда бул тараўда кең көлемли ҳуқықый ҳәм институционаллық реформалар әмелге
асырылып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан
қорғаў, олардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы қатнасын кеңейтиў, тең
ҳуқық ҳәм имканиятларды беккемлеў механизмлери басқышпа-басқыш
жетилистирилмекте.
Соның менен бирге, ҳаял-қызларды билимлендириў,
заманагөй кәсип-өнерлер ҳәм жоқары технологияларға кеңнен тартыў, олардың
экономикалық белсендилигин арттырыў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин
қоллап-қуўатлаў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап
өтилди.
Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың сиясий жетекшилик
потенциалын раўажландырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Олардың сиясий
партиялар жумысындағы қатнасын кеңейтиў ушын зәрүр шараятлар жаратылғаны,
кадрлар резерви ҳәм оларды басшылық лаўазымларына таярлаўға қаратылған арнаўлы
бағдарламалар жолға қойылғаны атап өтилди.
Мәмлекетимизде гендер стереотиплер ҳәм унамсыз
социаллық көзқарасларды сапластырыў мақсетинде кең көлемли үгит-нәсият
жумыслары алып барылып атырғаны, Гендер теңлик бойынша миллий комиссия
тәрепинен бул бағдардағы бағдарламалар турақлы мониторинг етилип атырғаны
үлгили тәжирийбе сыпатында тән алынды.
Конференция даўамында Өзбекстанда гендер теңликти
тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы рольин
күшейтиў бағдарындағы реформалар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынып
атырғаны атап өтилди. Парламентте ҳаял-қызлардың үлеси 38 процентке жетип,
Өзбекстан Парламентлераралық аўқам рейтингинде 92 текшеге көтерилди ҳәм дүньяда
36-орынды ийеледи. Булардың барлығы елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың
нәтийжелилигинен дәрек береди.
Өзбекстан тәжирийбеси гендер стереотиплерин
сапластырыў мәмлекетлик басқарыўдың сапасы ҳәм турақлы раўажланыў мәселеси
екенин көрсетип атырғаны атап өтилип, парламентлер өз-ара нызамшылық жумысы
тәжирийбеси ҳәм гендер стереотиплерин сапластырыўға қаратылған нәтийжели
нызамшылықты енгизиў механизмлери менен алмасыўы зәрүр екенлиги бойынша әҳмийетли
басламалар алға қойылды.
Сондай-ақ, қатнасыўшыларға 2026-жыл 4-6-сентябрь
күнлери Самарқанд қаласында Парламентлераралық аўқамның Жас парламент
ағзаларының глобал конференциясы өткерилиўи режелестирилип атырғаны ҳаққында
мағлыўмат берилди.