Мәжилис даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң
еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында бириншиси болған Сербияға болажақ сапары
шерикликтиң жаңа басқышын баслап беретуғыны атап өтилди. Комиссия жумысының
басланыўы еки мәмлекет жетекшилериниң сиясий ерк-ықрарын анық экономикалық
қарарлар менен беккемлеўге қаратылған.
Исбилерменлик байланысларын кеңейтиўдиң ҳуқықый
тийкарын күшке кирген экономикалық бирге ислесиў, инвестицияларды өз-ара
хошаметлеў ҳәм қорғаў ҳаққындағы келисимлер қурайды.
Сөйлесиўшилер өз-ара саўда мәселелерин көрип шығып,
оның ҳәзирги көлеми еки экономиканың потенциалына сәйкес емеслигин атап өтти.
Саўданы буннан былай да еркинлестириў мақсетинде Еркин саўда ҳаққындағы келисим
бойынша сөйлесиўлерди баслаў ушын жумысшы топарды шөлкемлестириў ҳаққындағы
биргеликтеги декларация қол қойыў ушын таярланды. Бул механизм товар ҳәм
хызметлерди өз-ара жеткерип бериў ушын және де қолайлы шараятларды
қәлиплестириўге жәрдемлесиў ҳәм товар алмасыўдың өсиўине қосымша түртки бериўге
қаратылған.
Тараўлардың бир-бирине сәйкес келетуғын тийкарғы
бағдарларын есапқа алған ҳалда, жеткерип бериўди көбейтиўди қоспа кәрханалар
шөлкемлестириў менен байланыстырыў режелестирилген. Өзбекстанда Сербия
капиталының қатнасыўында 10 кәрхана жумыс алып бармақта. Бөлеклер ҳәм
дәри-дәрмақларды локализациялаў, тоқымашылық, туқымгершилик, бағшылық ҳәм сүтти
қайта ислеўди раўажландырыў имканиятлары көрсетип өтилди. Технологиялық күн
тәртибинде әҳмиетли пайдалы қазылмалар, санлы геология, жасалма интеллект, 5G байланысы ҳәм експортқа бағдарланған
IТ
жойбарлар көрип шығылды.
Жүк тасыўды әпиўайыластырыў ушын қағаз ҳүжжетлерди
қысқартып, руқсатнамалар ҳәм алдын ала бажыхана мағлыўматларын электрон
алмасыўды жолға қойыў усыныс етилди. Инфраструктура тараўында Өзбекстан
тәрепиниң Сербия темир жол тармағын модернизациялаў, соның ишинде, 200
километрлик участканы қурыўда қатнасыў перспективасы көрип шығылды.
Биргеликтеги басламаларды алға қойыўға
шөлкемлестирилген Өзбекстан - Сербия исбилерменлер кеңеси жәрдемлеседи. Еки
мәмлекет өнимлери ҳәм инвестициялық усынысларды таныстырыў, шериклер табыў ҳәм
тармақлық бирге ислесиў перспективаларын додалаў ушын халықаралық көргизбе
майданларының потенциалын иске қосыў ҳәм биргеликтеги исбилерменлик илажларын
өткериў режелестирилген. Белград қаласында болып өтетуғын "ЭКСПО-2027"
усындай илажлардан бири болады.
Экономикалық мәселелер менен бир қатарда, биргеликтеги
изертлеўлер, академиялық алмасыўлар, мәденият ҳәм туризм тараўларындағы бирге
ислесиў, мийнет миграциясы ҳәм социаллық қорғаў мәселелери додаланды. Ташкент
ҳәм Белград, Самарқанд ҳәм Новосад, Самарқанд ўәлаяты ҳәм Воеводина автоном
үлкеси арасында шериклик байланысларын раўажландырыў қоллап-қуўатланды.
Аймақлараралық бирге ислесиўди беккемлеў ушын 2026-2027-жылларға мөлшерленген
өз-ара сапарлар режесин тастыйықлаў усыныс етилди.
Мәжилис жуўмағында санаат шериклигин раўажландырыў
бойынша 2026-2028-жылларға мөлшерленген биргеликтеги Ҳәрекетлер режесине қол
қойылды. Комиссияның екинши мәжилисин 2027-жылы Өзбекстанда өткериўге келисип
алынды.