Өзбекстан - Сербия қатнасықлары избе-из раўажланып,
сиясий сөйлесиў, парламентлераралық байланыслар, саўда-экономикалық ҳәм
гуманитарлық тараўларды қамтып алып, көп қырлы шерикликке айланып бармақта.
Өзбекстан - Сербия қатнасықларының әҳмиетли өзгешелиги
- өз-ара ҳүрмет, миллий мәплерди есапқа алыў, халықаралық шөлкемлер шеңберинде
бирге ислесиўге умтылыў еки тәреплеме сөйлесиў ушын беккем сиясий тийкар
жаратады.
Сербия Өзбекстанның ғәрезсизлигин 1991-жыл
31-декабрьде тән алған ҳәм еки мәмлекет арасында дипломатиялық қатнасықлар
1995-жыл 18-январьда орнатылған. Солай етип, еки мәмлекет арасындағы рәсмий
қатнасықлар 30 жылдан аслам ўақыттан берли жолға қойылған.
Дәслепки басқышта байланыслар салыстырмалы түрде
шекленген болса, соңғы жылларда, әсиресе, 2025-2026-жылларда бир қатар
бағдарларда сезилерли илгерилеў бақланбақта.
Жоқары дәрежедеги сиясий сөйлесиўди жеделлестириў
әҳмиетли бағдарлардан бири болып қалады. Онда еки мәмлекеттиң суверенитет,
аймақлық пүтинлик ҳәм миллий мәплерди ҳүрмет етиў принциплерине тийкарланған
көзқараслары әҳмийетли орын ийелейди.
2025-жыл 3-сентябрь күни Пекин қаласында Екинши жер
жүзилик урыстағы Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған илажлар шеңберинде Өзбекстан
ҳәм Сербия Президентлериниң сөйлесиўи болып өтти. Бул ушырасыўдан соң еки
мәмлекет басшылары арасындағы байланыслар жаңа басқышқа көтерилди.
Сербия Президенти Александр Вучичтиң 2025-жыл
28-30-октябрь күнлери Өзбекстанға рәсмий сапары әҳмийетли ўақыя болды. Сапар
даўамында сиясий сөйлесиўди беккемлеў, экономикалық байланысларды кеңейтиў ҳәм
гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар жаратылды.
Сапар шеңберинде Ташкент ҳәм Белград арасында шериклик
байланысларын орнатыў ҳаққындағы келисимге қол қойылғаны тек ғана ҳүкиметлер
дәрежесинде емес, ал аймақлар арасында да еки тәреплеме байланыслар раўажланып
атырғанынан дәрек береди.
Сербия да Өзбекстан менен дипломатиялық байланысларды
кеңейтиўге умтылмақта. Атап айтқанда, 2025-жыл 27-октябрь күни Сербияның
резиденциясы Москва қаласында жайласқан Өзбекстандағы елшиси Момчило Бабич
Өзбекстан сыртқы ислер министрине исеним жарлығын тапсырды. Буннан тысқары,
Сербия ҳүкимети Өзбекстанда өз елшиханасын ашыў ҳаққында қарар қабыл етти.
2022-жылы Ташкентте еки мәмлекет сыртқы сиясий
уйымлары арасындағы сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң гезектеги дөгереги болып өтти.
2022-жылы БМШ Бас Ассамблеясы сессиясы шеңберинде сыртқы ислер министрлери
тәрепинен мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарын беккемлеген
Сиясий мәсләҳәтлесиўлер ҳәм уйымлараралық бирге ислесиў ҳаққындағы протоколға
қол қойылды.
2026-жыл апрель айында Анталияда болып өткен
Дипломатиялық форумда еки мәмлекет сыртқы ислер министрлериниң сөйлесиўлери
болып өтти, 5-7-май күнлери Сербия сыртқы ислер министри Марко Джурич
Өзбекстанға келди.
2026-жыл август айында Ташкентте Өзбекстан ҳәм Сербия
сыртқы ислер министрликлери арасындағы сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң гезектеги
раунды болып өтти.
Сиясий мәсләҳәтлесиўлер механизминиң бар екенлиги ҳәм
оның турақлы жумыс алып барыўы еки мәмлекет арасындағы сыртқы сиясий бирге
ислесиўди системалы раўажландырыў имканиятын бермекте.
Парламентлераралық дипломатияның әҳмийети де артып
бармақта. Өзбекстан Олий Мажлиси палаталарында Сербия халық жәмәәти менен бирге
ислесиў бойынша парламентлераралық топар шөлкемлестирилгени бул бағдарда әҳмийетли
қәдем болды.
2026-жыл июнь айында Өзбекстан Олий Мажлиси Сенатының
баслығы Танзила Нарбаеваның Белградқа сапары еки мәмлекеттиң нызам шығарыўшы
уйымлары арасындағы байланыслардың раўажланыўына жаңа пәт бағышлады. Усы айда
Сербия халық жыйынының "Сербия - Өзбекстан" парламентлераралық дослық
топары делегациясының Өзбекстанға сапары парламентлераралық сөйлесиўдиң әмелий
мазмуны ҳәм избе-из раўажланып атырғанынан дәрек береди.
Парламентлераралық бирге ислесиўди жеделлестириў
сиясий исенимди беккемлеў, нызамшылық бойынша тәжирийбе алмасыў, еки тәреплеме
келисимлердиң ҳуқықый тийкарларын кеңейтиўге хызмет етеди.
Өзбекстан ҳәм Сербия арасындағы саўда-экономикалық
бирге ислесиў ҳәзирше салыстырмалы төмен көрсеткишлер менен характерленеди,
бирақ үлкен потенциалға ийе. Өзбекстан Сербия арқалы Балқан регионының басқа да
мәмлекетлери, соның ишинде, Хорватия, Албания, Арқа Македония, Черногория ҳәм
Словения менен саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиўи мүмкин.
Өзбекстан експортының тийкарын реңли металлар ҳәм олардан
таярланған буйымлар, гезлеме, ийирилген жип ҳәм хызметлер қурайды. Сербиядан
импорт қурамында тас, керамика ҳәм гипс өнимлери, мебель, хызметлер ҳәм басқа
да товарлар үстинлик етеди.
Бүгинги күнде Өзбекстанда сербиялы инвесторлардың
қатнасыўында 9 кәрхана жумыс алып бармақта. Олардың төртеўи қоспа кәрхана,
бесеўи сырт ел инвестициясы қатнасындағы кәрханалар болып есапланады. Бул
көрсеткишлер ҳәзирше бар имканиятлардан бираз төмен болып, инвестициялық бирге
ислесиўди кеңейтиў ушын үлкен потенциал бар екенинен дәрек береди.
Транспорт тараўындағы бирге ислесиў де жеделлеспекте.
2026-жыл февраль айында "Өзбекстан темир жоллары" АЖ басшылығының
Сербияға сапары шеңберинде Сербия қаржы, қурылыс, транспорт ҳәм инфраструктура
министрликлери ўәкиллери, сондай-ақ, "Сербия темир жоллары
инфраструктурасы" ҳәм «Air
Serbia»
басшылары менен сөйлесиўлер өткерилди.
Және бир перспективалы бағдар - еки мәмлекет халықлары
арасында өз-ара түсинисиў ҳәм жәмийетлик-гуманитарлық сөйлесиўди беккемлеўге
хызмет ететуғын мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў болып табылады.
Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Александр Вучичтиң
2025-жыл 28-октябрь күни Ташкентте болып өткен сөйлесиўлеринен соң
билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларындағы бирге ислесиў ушын жаңа
имканиятлар пайда болды.
Өзбекстан мәдениятын Сербияда үгит-нәсиятлаў,
сондай-ақ, Өзбекстанда Сербия мәденияты ҳәм көркем өнерин таныстырыў үлкен әҳмийетке
ийе. Мәденият күнлери, көргизбелер, концертлер, кино көринислери, театрлардың
гастроллары, дөретиўшилик ушырасыўлар ҳәм шеберлик сабақлары өз-ара мәдений
алмасыў ушын нәтийжели майдан болыўы мүмкин.
Перспективалы бағдарлардан бири кинематография. Еки
мәмлекеттиң дөретиўшилик топарлары тәрепинен уллы илимпазлар ҳәм ойлап
табыўшылар - Ал-Хорезмий ҳәм Никола Тесла өмири ҳәм илимий мийрасына
бағышланған "Ал-Хорезмийден Теслаға шекем" биргеликтеги киножойбары
әмелге асырылмақта. Жойбар еки халықтың илим ҳәм цивилизация раўажланыўына
қосқан үлесин кеңирек сәўлелендириў имканиятын береди.
Өзбекстан - Сербия қатнасықларының бүгинги жағдайына
баҳа бергенде, бәринен бурын, кейинги жылларда сиясий сөйлесиў сезилерли
дәрежеде жеделлескенин атап өтиў керек. Мәмлекет басшылары дәрежесиндеги
сөйлесиўлер, сыртқы сиясий уйымлар арасындағы сөйлесиўлер, парламентлераралық
байланыслар, дипломатиялық ўәкилханалардың жумысы жеделлескени сиясий исенимниң
беккемленип атырғанынан дәрек береди.
Әсиресе, 2025-2026-жыллардағы ўақыялар Өзбекстан -
Сербия қатнасықларында жаңа басқыш басланғанынан дәрек береди. Сербия
Президенти Александр Вучичтиң Өзбекстанға рәсмий сапары, сондай-ақ, сыртқы
ислер министрлери дәрежесиндеги турақлы ушырасыўлар еки тәреплеме
қатнасықлардың институционаллық тийкарын беккемлемекте.
Улыўма, Өзбекстан ҳәм Сербия қатнасықлары өз-ара
ҳүрмет, сиясий исеним ҳәм улыўмалық мәплерге тийкарланған жаңа басқышқа
көтерилмекте. Ендиги ўазыйпа топланған сиясий капиталды экономикалық,
инвестициялық ҳәм гуманитарлық тараўларда анық нәтийжелерге айландырыўдан
ибарат.
Өзбекстан - Сербия қатнасықлары тек ғана еки тәреплеме
бирге ислесиў емес, ал Орайлық Азия ҳәм Қубла-Шығыс Европа арасында
экономикалық ҳәм дипломатиялық бирге ислесиўди кеңейтиўде де үлкен әҳмийетке ийе.
"Дунё"
МА.