Президентимиздиң тапсырмаларын орынлаў шеңберинде "Бух пит стоп" жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 25 заманагөй автобустың гезектеги партиясы алып келинди. Бүгин олардың маршрутларға қойылыўына бағышланған салтанатлы илаж болып өтип, онда ўәлаят ҳәкими Ботир Зарипов, нуранийлар ҳәм жәмийетшилик қатнасты.

Жаңа автобуслар қала транспорт бас режеси ҳәм тендер таңлаўларының нәтийжелерине муўапық 13-санлы ("Мәденият - Тоқымашы") ҳәм 15-санлы ("Орайлық базар - Гүрбинша") жөнелислерге ажыратылды.

Жаңа автобуслардың иске қосылыўы менен Бухара қаласында брутто-шәртнама тийкарындағы жөнелислер саны 9 ға, жөнелислердеги жәми ҳәрекетлениўши қурылмалар саны 109 ға жетти.