Бир жыл даўамында комплекс аймағында кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. Соның нәтийжесинде бул жерде заманагөй ҳәм қолайлы дем алыў орны жаратылды. Кириў жоллары асфальтланды, бурын пайдаланылмай атырған 131 гектар жер ҳәм таў бағдарлары көклемзарластырылды, 50 гектарда 30 дан аслам түрдеги саяманлы ҳәм мийўели тереклер егилди.
1 гектар майданда балық аўлаў зонасы үскенеленген, ҳайўанат бағы шөлкемлестирилген, 4 басқышлы заманагөй зиплайн орнатылған, туристлик жөнелистиң соңғы бөлиминде улыўма аўқатланыў ҳәм сервис шақапшалары жумыс алып бармақта.
Жаслар ҳәм белсенди дем алыўды қәлейтуғынлар ушын жартасқа шығыў бағдарлары ашылған, Жиззақ қаласына қарай ҳаўа шарында сейил етиў, квадроцикллерде 2,5 км узынлықтағы саяхатлар шөлкемлестирилген.
Регионда туризм буннан былай да жедел раўажланып, экономиканың ең әҳмийетли бағдарларынан бирине айланбақта. Усы жылы Жиззақ ўәлаятына 472 мың сырт елли ҳәм 1,6 миллион жергиликли туристлер келген. Туризм хызметлериниң экспорты 70 миллион долларға жетти.
Буннан тысқары, усы жылы 1 мың 274 орынлық 49 жаңа жайластырыў объекти пайдаланыўға тапсырылып, 500 ден аслам жумыс орны жаратылды. Бүгинги күнде ўәлаятта жәми 7657 орынға ийе 312 мийманхана, хостел, кемпинг ҳәм шаңарақлық мийман үйлери жумыс алып бармақта.











