Форум С.Айний атындағы Тәжикстан мәмлекетлик педагогикалық университетинде болып өтти. Онда Өзбекстан Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Тәжикстан Билимлендириў ҳәм илим министрлиги ўәкиллери, еки мәмлекеттиң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары, илимпазлар ҳәм экспертлер қатнасты.
Ашылыў мәресиминде Тәжикстан билимлендириў ҳәм илим министри Раҳим Саидзода, Өзбекстан жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Коңыратбай Шарипов, Өзбекстанның Тәжикстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Эргаш Шоисматов қатнасты.
Форум даўамында еки мәмлекеттиң жоқары билимлендириў системасындағы реформалар, илимий изертлеўлер ҳәм инновацияларды раўажландырыў, бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективалары додаланды. 2018-жылы қол қойылған жоқары билимлендириў ҳәм илим тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шыққаны атап өтилди.
Ҳәзирги ўақытта еки мәмлекеттиң жоқары оқыў орынлары арасында 100 ден аслам шәртнама ҳәм бирге ислесиў меморандумлары әмел етпекте. Биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары шеңберинде студентлер таярланбақта ҳәм академиялық алмасыў жедел раўажланбақта.
Сондай-ақ, бүгинги күнде Өзбекстанның жоқары оқыў орынларында Тәжикстан пуқарасы болған 700 ден аслам студент билим алып атырғаны, еки мәмлекет жоқары оқыў орынлары арасында илимий-билимлендириў байланыслары кеңейип атырғаны атап өтилди.
Жалпы мәжилисте академиялық бирге ислесиўди кеңейтиў, қоспа билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў, биргеликте илимий-изертлеўлер алып барыў, студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылардың академиялық алмасыўын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.