Европарламентте Өзбекстан менен парламентлераралық бирге ислесиў ҳәм гендер теңлик мәселелери додаланды

    Европа парламентинде "Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы: демократиялық реформалар ҳәм гендер теңликти алға қойыўда парламентлераралық сөйлесиўдиң роли" атамасында дөгерек сәўбети болып өтти.

    Илажда Олий Мажлис Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы Қутбиддин Бурхонов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы қатнасты.

    Шығып сөйлегенлер соңғы жыллары Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы қатнасықлар жедел раўажланып, стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенин атап өтти. Атап айтқанда, 2025-жыл апрель айында Самарқандта болып өткен "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити исенимли сөйлесиўди және де беккемлеп, бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын ашты.

    Бул процессте парламентлераралық сөйлесиў әҳмийетли орын ийелеп, нызамшылық жумысы, реформаларды қоллап-қуўатлаў, халықлар арасында өз-ара түсинисиўди беккемлеў бойынша тәжирийбе алмасыўға хызмет етип атырғаны айрықша атап өтилди.

    Дөгерек сәўбетинде инсан ҳуқықларын қорғаў, пуқаралық жәмийетин қоллап-қуўатлаў, жасларға байланыслы сиясат, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий процесслердеги қатнасын кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

    Өзбекстанда 2030-жылға шекем гендер теңлик стратегиясы қабыл етилгени, ҳаял-қызлардың сиясий, экономикалық ҳәм социаллық турмыстағы орны артып баратырғаны атап өтилди. Парламент, басқарыў, билимлендириў ҳәм исбилерменлик тараўларында ҳаял-қызлардың белсендилиги мысал сыпатында келтирилген.

    Илаж қатнасыўшылары демократиялық реформаларды тереңлестириў, гендер теңликти беккемлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў, реформаларды қоллап-қуўатлаўда парламентлераралық қарым-қатнастың ролин күшейтиў, Өзбекстан ҳәм ЕА арасында кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисим перспективаларына айрықша итибар қаратып, Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясын додалады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates