"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, усы аймақларда март айының дәслепки 15 күнинде ҳаўа температурасының төменлеўи күтилмекте.

Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, халықты қоллап-қуўатлаў мақсетинде ҳәм Президент тапсырмасына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәбийғый газден пайдаланыўдың 500 куб метрлик базалық нормасының әмел етиў мүддетин созыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Бул илаж тек ғана Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты ушын усы жылдың 15-мартына шекем әмел етеди.