Қарақалпақстанда дузды қайта ислеўге қәнигелестирилген «Kungrad Salt Free Zone» санаат зонасы шөлкемлестирилмекте

    Саноат[kk] 5 қараша 2025 580

    "Қарақалпақстан Республикасында дузды қайта ислеўди раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-333-санлы, 03.11.2025-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға муўапық, "Барсакелмес" дуз кәнинде төмендеги илажлар әмелге асырылады:

    2026-жылы кеминде 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы инвестицияларды өзлестириў;

    2026-2030-жылларда жәми 200 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестицияларды тартыў.

    Қоңырат районындағы "Барсакелмес" дуз кәни аймағында дузды қайта ислеўге қәнигелестирилген «Kungrad Salt Free Zone» санаат зонасы шөлкемлестирилмекте.

    2025-2026-жылларда 50 гектар жер майданында инвестициялық жойбарлар әмелге асырылып, кейинги жылларда зәрүрликтен келип шығып, Санаат зонасы аймағы 200 гектарға шекем кеңейтиледи.

    Санаат зонасында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға кирискен исбилерменлерге 5 жыл мүддетке "Нөкис" еркин экономикалық зонасының қатнасыўшысы статусы бериледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates