Қарарға муўапық, "Барсакелмес" дуз кәнинде төмендеги илажлар әмелге асырылады:

2026-жылы кеминде 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы инвестицияларды өзлестириў;

2026-2030-жылларда жәми 200 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестицияларды тартыў.

Қоңырат районындағы "Барсакелмес" дуз кәни аймағында дузды қайта ислеўге қәнигелестирилген «Kungrad Salt Free Zone» санаат зонасы шөлкемлестирилмекте.

2025-2026-жылларда 50 гектар жер майданында инвестициялық жойбарлар әмелге асырылып, кейинги жылларда зәрүрликтен келип шығып, Санаат зонасы аймағы 200 гектарға шекем кеңейтиледи.

Санаат зонасында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға кирискен исбилерменлерге 5 жыл мүддетке "Нөкис" еркин экономикалық зонасының қатнасыўшысы статусы бериледи.